Гүлмурат шайырдың - Қайраўда жалғыз ғаз қосығы made by QqbyAi
Автор: QQ by AI
Загружено: 2025-12-18
Просмотров: 32616
Описание:
Intsagram : / qqbyai
Telegram : https://t.me/qqbyai
TikTok: / qqbyai
Гүлмурат шайырдың
"Қайраўда жалғыз ғаз" қосығы
Қайраўда бир ғаз тур қанатын қағып,
Ғаңқылдайды еки көзден қан ағып.
Аяқтағы жипти шайнап жәниўар,
Өз еркиме кетсем дейди ылағып.
Деген менен шешилмейди аяғы.
Бул мақсеттиң бири питпей ондағы,
Кеўилдеги көп қайғының дәртинен,
Қара жерге қарыс кирди тырнағы.
Көтерилип қос қанатын қағады,
Көрген ўақта ҳаўадағы ғазларды,
Топарына қосылсам деп жәниўар,
Қапталына шақырмақшы болады.
Шақырған даўысын еситип олар,
Әл ҳаўада жүрип қанаты талар,
Қайрылмай кетиўге көзлери қыймай,
Ақыры айланып қасына қонар.
Бир-бирине үйкелесип мойынын,
Баслағанда қуўанышлы ойынын,
Атыўға қолайлап бети сур мерген,
Гезеде жасырып турады бойын.
Бир-бирине қосылғанда интизар,
Ғаңқылдасып отырғанда жәниўар,
Орынсыз бийгүна жас жанын қыйып,
Сур бетли мергенлер ордасын бузар.
Повторяем попытку...
Доступные форматы для скачивания:
Скачать видео
-
Информация по загрузке: