Замира Хожаназарова қосығы - Қайларда едиң Мухаббат_Zamira Xojanazarova - Qaylarda ediń Muxabbat
Автор: QQ by AI
Загружено: 2026-03-09
Просмотров: 18334
Описание:
Сөзи : Халила Дәўлетназаров
оригинал қосықты:
Атқарған : Замира Хожаназарова
Намасы: Қәдир Хилалов
Қайларда едиң Мухаббат
Гүл паслында ушырастық,
Ышқы бағында адастық,
Мени тәрк етерде жаслық,
Сен келип қалдың мухаббат.
Бурын ҳеш кеўил бөлмедиң,
Сонша күткенде келмедиң,
Еглендиң, неге еглендиң,
Қайларда едиң, мухаббат.
Тартаман ышқың зардабын,
Көп екен сениң қардарың,
Жүректиң нәзик тарларын,
Шерттиң де кеттиң, мухаббат.
Қайларда едиң, мухаббат.
Гейде орынсыз сөз айтып,
Сезимлериңди ылайтып,
Қойған жоқпан ба муңайтып?
Мени әпиў ет мухаббат.
Халила Дәўлетназаров (1983-1985 жыллар аралығында жазылған)
Повторяем попытку...
Доступные форматы для скачивания:
Скачать видео
-
Информация по загрузке: